Кәсиплик байрамлар кѳтериңки руўхта белгиленди
1005
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Қурылыс тараўы хызметкерлери күни» ҳәмде «Исбилерменлер күни» мүнәсибети менен салтанатлы байрам илажы өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, барлық тараў ўәкиллери, нураныйлар ҳәм мийнет алдынғыларын жақынласып қалған ең уллы, ең әзиз байрамымыз – елимиз Ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы ҳәм өткерилип атырған байрам мүнәсибети менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, соңғы жылларда елимизде экономикамыз раўажланыўында өзине тән орынға ийе исбилерменликти раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Қысқа ўақыт ишинде «Инсан қәдири ушын» деген ийгиликли идея тийкарында барлық тараўлар қатарында бул бағдарда да бир қатар пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди, жаңа имканиятлар жаратылды. Ҳүрметли Президентимиз 19-20-август күнлери Қарақалпақстанға келип, халқымыз белсендилери ҳәм исбилерменлер менен ушырасыўлар өткерди. Бул ушырасыўларда бир қатар жуўапкершиликли ўазыйпалар жүклениўи менен бирге, халқымыз ушын жаңадан-жаңа имканиятлар есигин ашып берилди.
Буннан тысқары, байрам илажында елимиз раўажланыўының өсиў пәтлерин тәмийинлеўде әҳмийетли болған қурылыс тараўына да айрықша итибар берилип атырғанлығы тилге алынды. Албетте, бүгингидей ерисилип атырған жоқары шеклеримизде пидайы қурылысшылардың, зәбердес исбилерменлердиң, бай тәжирийбеге ийе жанкүйер ветеранлардың хызметлери салмақлы. Өткерилген байрам илажында тараў ўәкиллериниң усындай жуўапкершиликли ҳәм машақатлы хызметлери ҳаққында сөз етилди.
Онда жәмийетимизде хүрметке ийе бир қатар нураныйлар “Меҳнат фахрийси” кѳкирек белгиси, сондай-ақ, кәсиплик байрамлары мүнәсибети менен қурылыс тараўы пидайылары ҳәм белсенди исбилерменлер Жоқарғы Кеңестиң Президиум қарары тийкарында «Ардақлы Нураный», «Ибратлы ҳаял», «Ўатан пидайысы», «Үмит ушқыны» көкирек белгилери менен сыйлықланды. Өткерилген байрам салтанаты мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети