«Жасларды шақырыўға таярлаў»ға арналған жаңа объект пайдаланыўға тапсырылды
491
Бүгин Нөкис қаласында Қорғаныў ислери басқармасы жанындағы «Жасларды шақырыўға таярлаў» орайы ушын жаңа объект пайдаланыўға тапсырылыўына арналған салтанатлы илаж өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жақынлап қалған Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң отыз үш жыллығы байрамы ҳәм жаңа объект пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Атап өтилгениндей, соңғы жылларда елимизде жасларды ана Ўатанға мухаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў, олардың физикалық жақтан шыныққан, наўқыран әўлад болып камалга келиўин тәмийинлеў бағдарында көплеген унамлы жумыслар әмелге асырылмақта. Жасларды шақырыўға таярлаў орайы ушын қурылған жаңа объект жасларды шақыррыққа шекемги таярлаў, физикалық жақтан шынықтырыў, олардың Ўатансүйиўшилик сезимлерин арттырыўға хызмет етеди. Сондай-ақ, жаслар бул жерде автомобильлерди басқарыў көнликпелерине ҳәм айдаўшылық гуўалығын алыў имканиятына ийе болады.
Өткерилген илаж шеңберинде Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги тәрепинен аталыққа алынған мәмлекетимиз жаслары қатнасыўындағы беллесиўлер жеңимпазы болған Қарақалпақстан Республикасы Тахтакөпир районы «Атакөл» АПЖ жасларынан дүзилген команда ағзалары ерисилген табысы ушын қутлықланып, оларға баҳалы саўғалар тапсырылды. Әлбетте бул заманагөй жаңа объект жасларымызға ҳәм халқымызға еле узақ жыллар даўамында хызмет етеди.