Төрткүл районында жаңа мәмлекетлик емес мектеп пайдаланыўға тапсырылды
489
Бүгин Төрткүл районында «Asl Smartum» мәмлекетлик емес улыўма билим бериў мектеби имаратының ашылыў мәресими болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, соңғы жылларда билимлендириў тараўына айрықша итибар қаратылып атырғаны, бул бағдарда жасларды озық-ойлы, билимли ҳәм жетик инсанлар етип тәрбиялаўда билим бериў мәсканлары қатарында мәмлекетлик емес оқыў орынларының да әҳмийети артып баратырғанлығын атап өтти ҳәм жаңа имарат пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Жаңадан пайдаланыўға тапсырылып атырған мектепти қурыўға 9 млрд. сум қаржы жумсалып, 440 баланың оқып, билим алыўы ушын барлық шараятлар жаратылған ҳәм 42 педагог кадрдың бәнтлиги тәмийинленбекте. Әлбетте, бул мектептиң ашылыўы билимлендириў тараўында саламат бәсеки орталығын қәлиплестириўде ҳәм жасларды билимли етип тәрбиялаўда әҳмийетли орын ийелейди.