Елликқала районында «Бўстон Деним» кәрханасы жумыс баслады
808
Бүгинги күнде ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар, әсиресе, Қарақалпақстан ушын өз алдына тастыйықланған тарийхый ҳүжжетлер тийкарында исбилерменлик тараўындағы шараятлар және де кеңейип, жаңадан-жаңа имканиятлар жаратылмақта. Бул илажлар ѳз гезегинде жаңа исбилерменлик субъектлериниң ашылыўына, исбилерменлердиң финанслық жағдайларының жақсыланыўына унамлы тәсирин көрсетпекте. Бүгин Елликқала районындағы «Бўстон Деним» кәрханасының ашылыў салтанаты болып өтти. Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жаңа кәрхананың ашылыўы менен жыйналғанларды қутлықлады ҳәм исбилерменлер ушын қолайлы шараят жаратыў, инвестициялық тартымлылықты арттырыў бағдарында Президентимиздиң басламасы менен оғада көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғанлығын айшықша қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
«Бўстон Деним» кәрханасы тәрепинен ийирилген жип ислеп шығарыў, тигиў ҳәм бояў цехы пайдаланыўға тапсырылып атырған болып, жойбар баҳасы 6,3 млн. доллар болған бул кәрхананың толық қуўатлықта иске түсиўи менен жылына 5 млн. дана текстиль өнимлери ислеп шығарылады ҳәм жаңадан 200 жумыс орынлары жаратылады. Бүгинги иске түсип атырған кәрхана халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўге хызмет етиў менен бирге, елимиз экономикасының раўажланыўында да әҳмийетли орын ийелейди. Ашылыў салтанатына елимизде мийманда болып турған Россия ҳәм Қазақстандағы қарақалпақ миллий-мәдений орайлары белсендилериде қатнасты.