Қараөзек районында жаңа кәрхана иске түсирилди
662
Бүгин Қараөзек районында “Қарақалпақстан Агро Кластер” жәмийети тәрепинен шөлкемлестирилген таяр кийим-кеншек ислеп шығарыў кәрханасының ашылыў мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң отыз үш жыллығы ҳәм байрам қарсаңында жаңа кәрхананың ашылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады. Атап өтилгениндей, бүгинги күнде ҳүрметли Президентимиз тәрепинен исбилерменлер ушын үлкен имканиятлар жаратылмақта. Әсиресе, Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар елимизде исбилерменликти раўажландырыўды жаңа басқышқа алып шықпақта. Әлбетте, исбилерменлер ушын қолайлы шараятлар жаратыў бағдарындағы бундай илажлар өз нәтийжелерин берип, жаңа кәрханалардың иске түсирилиўине тийкар болып атыр.
Жойбар баҳасы 14 млрд. сум болған бул жаңа кәрхананың толық қуўатлықта иске түсиўи менен жылына 2 млн. дана таяр кийим-кеншеклер ислеп шығарылады. Сондай-ақ, 400 жаңа жумыс орынлары жаратылады. Илаж даўамында Жоқарғы Кеңес Баслығы жумысшылар ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты ҳәм олар менен сәўбетлести.