Метрологиялық тексериўден өткериў бойынша Ташкент қаласында бар болған имканиятлар Қарақалпақстанда да жолға қойылмақта
519
Бүгин елимиз Ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы қарсаңында Нөкис қаласында “Өзбекстан миллий метрология институты”ның Қарақалпақстан филиалы тәрепинен “Сынаў лабораторияларын шөлкемлестириў” жойбарының ашылыў салтанаты болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты.
Бүгинги күнде исбилерменлер тәрепинен ислеп шығарылған өнимлердиң ишки ҳәм сыртқы базар талапларына жуўап бериўин тәмийинлеў, улыўма ислеп шығарыў ҳәм хызметлер көрсетиўди сапа жағынан жоқарылатыў метрология, стандартластырыў системасына жуўапкерли ўазыйпалар жүклемекте.
Сол себепли, Ɵзбекстан миллий метрология институтының Қарақалпақстан Республикасы филиалы негизинде жоқары анықлықтағы заманагөй өлшеў әспаблары менен ускенеленген өлшеўлерди бирден-бир бирликте болыўын тәмийиинлеў, яғный масса, басым, температура, электр, физикалық-химия ҳәм геометрия бағдарларында 6 жойбарды өз ишине алған лабораториялар комплекси шөлкемлестирилди. Нәтийжеде комлпекс қуўатлылығы жылына 35-40 мың дана өлшеў әспабларын исенимнен өткизиў, метрологиялық аттестатлаў ҳәм калибрлаўдан ибарат метрологиялық тексериўден өткизиў имканиятына ийе болды. Ҳәзирги ўақытта бул лабораторияда 100 ден артық метрологиялық өлшеў әсбап-үскенелердиң хызмети жолға қойылған.
Әлбетте бул жумыслар барысында республикамыздағы экспортёр кәрханалар ҳәм исбилерменлерге көрсетилетуғын метрологиялық хызметлер көлеми кеңейип, ислеп шығарылып атырған өнимлердиң сапасы жақсыланыўы тәмийинленеди. Сондай-ақ, нефт-газ, металлургия, химия, азық-аўқат санаты ҳәм медицинада қолланылатуғын өлшеў әсбапларына метрологиялық хызметлер аймақтың өзинде көрсетилиўине ерисиледи.
Ең баслысы, алдын Ташкент қаласына алып барып тексериўден өткерилип келинген өлшеў әсбап-үскенелери ушын жумсалатуғын қәрежетлер бир неше есе қысқарып, қысқа ўақыт ишинде метрологиялық тексериўден өткериледи. Лаборатория узақ жыллар даўамында исбилерменлеримиздиң, халық хожалығының барлық тараўларының ийгилиги ушын хызмет етеди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети