Жаңадан “Бройлер Өнимлери” кәрханасы ашылды
701
Бүгинги күнде елимиздиң инвестициялық тартымлылығын арттырыў, исбилерменликти раўажландырыў ушын кең имканиятлар жаратылмақта. Бул бағдарда Президентимиз тәрепинен қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар усы илажлардың жаңа басқышқа көтерилиўине беккем тийкар болып хызмет етпекте. Бүгин мәмлекетимиз Ғәрезсизлигиниң отыз үш жыллығы байрамы қарсаңында Нөкис районында жаңадан пайдаланыўға тапсырылып атырған “Бройлер Өнимлери” кәрханасының ашылыў салтанаты болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты. Жойбар баҳасы 2,4 млн. доллар болған бул кәрхананың толық қуўатлылықта иске түсиўи менен жылына 200 тонна таўық гөши жетистириледи. Сондай-ақ, жаңадан 25 жумыс орынлары жаратылмақта. Әлбетте, халқымызды азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеўге бағдарланған бундай жаңа жойбарлардың көбейиўи ҳәм иске түсирилиўи ѳз нәўбетинде елимизде «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында әмелге асырылып атырған реформалардың әмелий кѳриниси болып табылады.