Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң отыз үш жыллығы кең түрде белгиленди
1658
Пайтахтымыз Нөкис қаласындағы орайлық Амфитеатрда елимиз ғәрезсизлигиниң отыз үш жыллығына бағышланған «Бир болсақ – бир халықпыз, бирлессек –Ўатанбыз!» деген идея астында байрам салтанаты болып өтти. Салтанатлы илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, гүллән халқымызды ең уллы, ең муқаддес әййям – елимиз ғәрезсизлигиниң отыз үш жыллығы байрамы менен қызғын қутлықлады. Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, ҳүкимет ағзалары, сектор басшылары, министрлик ҳәм шөлкемлер, кең жәмийетшилик ўәкиллери, ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасты. Атап өтилгениндей, соңғы жылларда елимизде Хурметли Президентимиз басшылығында барлық аймақлар қатарында Қарақалпақстанда да кең көлемли реформалар әмелге асырылып, елимизди социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Соңғы еки жылдың өзинде тек ғана Қарақалпақстан ушын бир қатар әҳмийетли пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилип, халқымызға мүнәсип турмыс шараятын жаратыўға беккем тийкар белгилеп берилди. Соның менен бирге елимизде киши бизнес ҳәм исбилерменлик, санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығы тараўларында бир қатар инвестициялық жойбарлар әмелге асырылды. Буның нәтийжесинде халқымыз ушын жаӊа жумыс орынлары жаратылып, бир қатар ири өндирис кәрханалары, көплеген социаллық объектлер иске түсирилди.
Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўға қаратылған ҳүрметли Президентимиздиң 213-санлы тарийхый пәрманы қабыл етилди. Буннан тысқары, «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлерге қолайлы шараятлар жаратыўға тийисли қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы 129-санлы және бир тарийхый пәрман турмысқа енгизилди. Усы тийкарда республикамызда исбилерменликти раўажландырыўға, жаңа жумыс орынларын жаратыўға ҳәм усы арқалы халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўге үлкен шараят жаратып берилди. Быйылғы жылы ҳүрметли Президентимиздиң исбилерменлер менен ушырасыўы Қарақалпақстанда өткерилиўи де жаңадан-жаңа имканиятлар есигин ашып берди ҳәм бул өз нәўбетинде Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша меҳир-итибарының және бир көриниси болды десек алжаспаған боламыз. Буннан тысқары, жасларымыздың бәнтлигин тәмийинлеў, жоқары билим алыўына шараят жаратыў, кәсип-өнерге ҳәм исбилерменликке үйретиў, ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың қәбилетин жүзеге шығарыў бағдарында бир қанша илажлар әмелге асырылмақта. Өткен жылы қарақалпақстанлы жаслар ушын 10 мың қосымша квота берилген болса, быйылғы жылда да және 10 мың қосымша жоқары оқыў орынларына кириў ушын берилмекте. Өз нәўбетинде жасларымыз бундай итибар ҳәм ғамхорлыққа жуўап ретинде ҳәр түрли тараўларда жоқары табысларды қолға киргизбекте. Атап айтқанда, дүнья жүзилик көлемдеги халықаралық спорт жарыслары, Азия көлеминдеги беллесиўлерде елимиздиң байрағы бәлентлерден желбиреп, мәмлекетимизди жер жүзине танытып, бир қатар жасларымыздыӊ мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланғаны буның айқын дәлили болып есапланады.
Байрам салтанатында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары мәмлекетлик гимнлери атқарылды. Салтанатлы байрам илажы концерт бағдарламасы менен даўам етти. Бағдарламадан орын алған көркем өнер шеберлери ҳәм жас талант ийелери атқарыўындағы Ўатан, дослық, тынышлық ҳәм татыўлық, жаслық ҳақкындағы қосықлар ҳәм аяқ ойынлар жыйналғанларға көтериңки кейпият бағышлады.