Қанлыкөл районында жаңа кадастр имараты пайдаланыўға тапсырылды
1260
Бүгин Кадастр агентлиги ҳәм Мәмлекетлик кадастрлары палатасы Қарақалпақстан Республикасы Қанлыкөл районы бөлими ҳәм филиалы имаратының ашылыў мәресими болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жаңа имарат пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Атап өтилгениндей, соңғы жылларда мәмлекетимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында оғада көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Усы қатарда, Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген 119-санлы пәрман менен 27 мыңнан аслам соннан, Қанлыкөл районында 140 турақ-жайларда жасаўшы пуқаралардың кадастр ҳүжжетлери менен байланыслы машқаласы өз шешимин тапты. Пайдаланыўға тапсырылып атырған жаңа имарат улыўма 2,8 млрд. сумнан аслам қаржы тийкарында қурып питкерилди. Бул имарат халқымызға сапалы кадастр хызметлерин усыныўға хызмет етеди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети