Қанлыкөл районы аймағында жаңадан көп қабатлы турақ жай пайдаланыўға тапсырылды
1380
Бүгин Қанлыкөл районындағы «Жаңа Өзбекстан» массиви аймағында жаңа көп қабатлы турақ жайдың ашылыў мәресими болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, жаңа турақ жай пайдаланыўға тапсырылып атырғанлығы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Айтып өтиў орынлы, Қанлыкөл районында барлық социаллық инфраструктураға ийе болған 100 млрд. сумлық «Жаңа Өзбекстан» массивинде қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылмақта. Бүгинги күнге шекем бул массивте 6 турақ жай пайдаланыўға тапсырылған болса, ғәрезсизлик байрамы қарсаңында бүгин және бир турақ жай пайдаланыўға тапсырылмақта. Жаңадан қурылған массивте 2,1 млрд. сумлық 1,4 км ишимлик суў тармақлары ҳәм 3,1 км ақаба суў тармақлары тартылып, 3,6 млрд. сумлық 1,8 км ишки жоллары асфальтланды. Ашылыў мәресими даўамында Жоқарғы Кеңес Баслығы үйлердиң биринде мийманда болды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети