Жоқарғы Кеңес Баслығы Шымбай дийқан базары аймағында жаңадан қурылып атырған саўда комплекси қурылыс жумысларын барып көрди
1001
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районы дийқан базарында болып, халыққа ҳәм сатыўшыларға жаратылып атырған шараятлар менен жақыннан танысты. Базар аймағында инфраструктураны еле де жақсылаў, қарыйдарлар ҳәм сатыўшыларға қолайлы шараятлар жаратыў бойынша орынланған жумыслар көзден өткерилди.
Шымбай районы дийқан базары аймағында бүгинги күнде халыққа сапалы базар хызметин усыныў бағдарында барлық қолайлықларға ийе ири көлемли жабық саўда комплекси қурылысы даўам етпекте. Жәми 30 млрд. сумлық жойбар шеңберинде көп қабатлы саўда орны имараты, автомашиналар турар орны ҳәм басқа да қолайлықлар жаратылады. Жоқарғы Кеңес Баслығы жуўапкерлерге саўда комплекси қурылысы жумысларын жеделлестириў ҳәм жойбар басламашыларына көмеклесиў бойынша тапсырмаларды берди.