Жоқарғы Кеңес Баслығы Шымбай районындағы мәҳәллелерде пуқаралар турмысын жақсылаў бойынша алып барылып атырған жумыслар жөнинде пуқаралар менен сәўбетлести
1084
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев пуқаралардың машқалаларына шешим табыў бойынша әмелге асырылған жумысларды орнына барып көриў мақсетинде Шымбай районындағы «Тағжап» ҳәм «Кеңес» аўыл пуқаралар жыйынында болып, аймақ турғынлары менен жақыннан пикирлести. Атап өтиў орынлы, пуқаралар тәрепинен ишки жолларды оңлаў ҳәм инфраструктураны жақсылаў бойынша билдирилген мүрәжатлар бүгинги күнге келип басқышпа-басқыш өз шешимин таппақта. Пуқаралар менен сәўбетлесиў барысында да бир қатар әҳмийетли машқалалар айтылып, Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳәр бир көтерилген мәселени көрип шықты ҳәм жуўапкерлерге анық тапсырмалар берди. Ҳәр бир орынлы машқала әлбетте, өз шешимин табатуғынлығын айтып өтти.
Пуқаралар да өз нәўбетинде, мүрәжатлары итибардан шетте қалмай республика басшысының өзи келип үйренип ҳәм қадағалаўға алып атырғанлығынан миннетдар екенлигин билдирди. Сондай-ақ, бул машқалалардың өз шешимин табыўда ҳүрметли Президентимиздиң тиккелей тапсырмасы тийкарында жумыслар шөлкемлескенлик пенен алып барылып, «Инсан қәдири ушын» деген ийгиликли идея тийкарындағы реформалар болса ҳәр бир пуқараның бүгинги турмысына кирип барып атырғанлығын айрықша қанаатланыўшылық пенен тилге алды ҳәм өз миннетдаршылығын билдирди.