Жоқарғы Кеңес Баслығы Қоңырат районындағы социаллық обьектлер ҳәм абаданластырыў жумыслары менен танысты
831
Дәслеп халықаралық әҳмийеттеги А-380 автомобиль жолы бойында «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде терек егиў ҳәм жасыл белбаўларды пайда етиў сондай-ақ, Тоғай хожалығы ҳәм Абаданластырыў басқармасы питомниги жумыслары көзден өткерилди. Гүзги терек егиўге жерлерди ҳәм нәллери таярлаў, жумысларды шөлкемлескенлик пенен алып барыў, питомниклерди кеңейтиў ушын жер майданларын ажыратыў бойынша тапсырмалар берилди.
Буннан соң Жоқарғы Кеңес Баслығы оңлаўға мүтәж ҳалға келип қалған 32-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин барып көрди. Жуўапкерлерге тез пурсатта қурылыс жумысларын баслаў ҳәм усы жылдың өзинде бақша имаратын қайта пайдаланыўға тапсырыў ўазыйпасы қойылды.
Бүгинги күнде пуқаралардың турмысынан разылығын тәмийинлеў бағдарында мәҳәллелер инфраструктурасын жақсылаў әҳмийетли болып, Президентимиздиң тапсырмасы менен «Ханжап», «Кийет», «Үстирт» мәҳәллелеринде ишки жолларды оңлаў жумыслары да көзден өткерилди. «Үстирт» мәҳәллесинде 3,3 млрд. сўм қаржы тийкарында жаңадан қурылып атырған бақша имараты қурылыс жумысларын тез арада жуўмақлаў керек екенлиги көрсетип өтилди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы буннан соң «Азатлық» МПЖ Беруний көшесинде жайласқан авариялық жағдайдағы үйлерде жасап атырған 8 хожалықты үй менен тәмийинлеў мәселесине де итибар қаратып, олар ушын жаңадан қурылып атырған турақ жайлар қурылысын жеделлестириў бойынша тапсырма берди.
Буннан тысқары, жол бойында жайласқан бүгинги күнде ҳәрекетсиз турған кәрхана ҳәм бизнес обьектлерин қайта ислетиў, автомобиль жолларын оңлаў, базар инфраструктурасын жақсылаў бойынша да жуўапкерлерге анық ўазыйпаларды тапсырды.