Нөкис қаласында Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы қәнигелестирилген мектебиниң Нѳкис филиалы жаңа имаратының ашылыў салтанаты өткерилди
1067
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жаңа имарат пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады. Атап өтилгениндей, соңғы жылларда елимизде ҳүрметли Президентимиздиң қоллап-қуўатлаўы менен билимлендириў тараўына, әсиресе, жаслардың жоқары дәрежеде билим ийелеўине үлкен итибар қаратылмақта. Қарақалпақстанлы жасларға өз алдына жаратылып берилип атырған имканиятлар болса, олардың жаңа-жаңа шеклерге ерисиўине беккем тийкар болып хызмет етпекте.
Усындай имканиятлар қатарында, қарақалпақстанлы жаслардың жоқары оқыў орынларына кириўи ушын өткен жылы 10 мың қосымша квота берилген болса, быйылғы жылы да қосымша 10 мың квота ажыратылмақта. Буннан тысқары, 76 млрд. сумлық қаржы есабынан жаңадан қурылған Нѳкис мәмлекетлик педагогикалық институты оқыў имараты пайдаланыўға тапсырылды. Келеси жылы Қарақалпақстанда социаллық тараў ҳәм инфраструктура ушын 1 триллион сумнан артық қаржы ажыратыў режелестирилген ҳәм соннан 24 мектептиң жаңадан қурылыўы белгиленбекте. Быйылғы жылдың ѳзинде 202,8 млрд. сумлық қаржылар есабынан 34 мектепте қурылыс-реконструкция жумыслары алып барылып атыр. Елимиз келешеги ийелери арасынан қәбилетли ҳәм билимли жасларды анықлаў, оларды ѳзлери қызыққан пәнлерге тереңлестирилген түрде оқытыў мақсетинде ҳәр бир аймақта ашылған Президент мектеплери, қәнигелестирилген ҳәм дѳретиўшилик мектеплери менен бир қатарда мәлимлеме-технологияларына байланыслы пәнлерди тереңлестирип үйретиўге бағдарланған Ал-Хорезмий атындағы қәнигелестирилген мектебиниң Нөкис филиалы ҳүрметли Президентимиздиң тиккелей басламасы менен шѳлкемлестирилген.
Ѳткен қысқа ўақыт ишинде бул мектепте Республика бюджети қаржылары есабынан 61 млрд. сумлық қурылыс жумыслары алып барылды ҳәм оқыўшы жасларымыз ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылды. IT тараўына тәжирийбели ҳәм профессионал кадрларды таярлап шығарыўда бул оқыў орнының тутқан орны оғада әҳмийетли есапланады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети