«Қәўипсиз өмир ушын бирлесейик» сүрени астында жаслар фестивалының ашылыў салтанаты өткерилди
964
Бүгин Нөкис қаласындағы «Дослық» орайы майданында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәмде Өзбекстан Республикасы ИИМ Жәмийетлик қәўипсизлик департаменти тәрепинен шөлкемлестирилген «Қәўипсиз өмир ушын бирлесейик» сүрени астында жаслар фестивалы ҳәм кең көлемли ғалабалық илажларының ашылыў мәресими болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты.
Атап өтилгениндей, соңғы жылларда елимизде жасларға болған итибар мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланып бармақта. Әсиресе, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қарақалпақстанлы жасларға көрсетилип атырған ғамхорлық, олар арасынан көплеген талантлы ҳәм уқыплы, соның менен бирге елимиз раўажланыўы жолында мүнәсип үлес қосатуғын жаслардың жетилисип шығыўына беккем тийкар болып хызмет етпекте. Президентимиздиң пәрманы тийкарында быйылғы жылы да қарақалпақстанлы жаслар ушын жоқары оқыў орынларына кириўге қосымша 10 мың квота берилгени кеўиллерди мақтаныш сезимлерине бөлемекте. «Қәўипсиз өмир ушын бирлесейик» фестивалы да жасларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған илажлардың бири болып, өсип киятырған жас әўладты Ўатанды сүйиўшилик ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў, олар арасында саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў, жаслардың әскерий ҳәм ҳуқықый билимлерин арттырыўға хызмет етеди.
Ашылыў салтанаты даўамында бир қатар белсенди жаслар өткерлип атырған илажларда белсендилиги ҳәм айрықша қәбилети ушын мүнәсип хошаметленди. Илаж көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.