Ташкентте Әжинияз Қосыбай улының өмири ҳәм дөретиўшилигине арналған көргизбе ашылды
1235
Усы жылдың 24-сентябрь күни Өзбекстан Көркем өнер академиясының Орайлық көргизбелер залында атақлы қарақалпақ шайыры ҳәм ойшылы Әжинияз Қосыбай улы туўылғанының 200 жыллығы, өмири ҳәм дөретиўшилигине арналған китаплар, сүўретлеў өнери шығармалары ҳәм халық әмелий өнери үлгилериниң көргизбеси ашылды. Ҳәр бир халықтың өзи сүйген, ардақлаған шайыры болады. Дәўирлер өткен сайын шайырдың дөретиўшилиги, өмири әсте-ақырын халықтың турмысына, ой-санасына сиңисип барады ҳәм халықтың жүрек төринен мәңги орын ийелейди. Әжинияз Қосыбай улы қарақалпақ халқының усындай патриот шайырларының бири еди.
Усы жылдың 16-июль күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Белгили қарақалпақ шайыры ҳәм ойшылы Әжинияз Қосыбай улы туўылғанының 200 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Бул республикамыздың мәдений ҳәм әдебий турмысында тарийхый ўақыя болды. Терең билим, илим, жоқары мәденият, нәзик сезим ийеси болған Әжинияз Қосыбай улы шығыс поэзиясының дәстүрлерин үйрениў тийкарында қарақалпақ поэзиясын көркем-эстетикалық жақтан байытқан, қосық қатарларына рәң-бәрең көркем форма бағышлаған, қарақалпақ жазба әдебиятын жаңа басқышқа көтерген көп қырлы талант ийеси есапланады. Оның шығармалары XIX әсир қарақалпақ әдебиятының гүлтажы болды. Хийўадағы дүньяға белгили Шерғазыхан ҳәм Қутлымурат инақ медреселеринде билим алған бул уллы тулға тек ғана елимизде емес, соның менен бирге, пүткил регионымызда халықшыл шайыр, жетик устаз, белгили каллиграф сыпатында да даңққа бөленгени дыққатқа ылайықлы.
Көргизбениң салтанатлы ашылыў мәресиминде Өзбекстан Көркем өнер академиясының баслығы Акмал Нур, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Тәжибай Романов, Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Улбосын Утегенова, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессоры Пердебай Нуржанов, Қарақалпақстан халық художниги, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Барлықбай Айтмуратов сөзге шықты. Сөзге шыққанлар Президентимиздиң басламасы менен мәмлекетимизде уллы ата-бабаларымыздың естелигин мәңгилестириў, олардың мийрасларын қәстерлеп-сақлаў, келешек әўладларға жеткериўге үлкен итибар қаратылып атырғаны, Әжинияз Қосыбай улы туўылғанының 200 жыллығын белгилеў ЮНЕСКОның халықаралық юбилейлер режесине киргизилгени де оның дөретиўшилик мийрасының улыўма инсаный әҳмийетке ийе екенлигинен дәрек беретуғынлығы, оның көркем шығармалары түркмен, қазақ, қырғыз ҳәм басқа туўысқан халықлар тәрепинен де сүйип оқылыўы, усы көргизбе шайырдың тәкирарланбас әдебий мийрасын буннан былай да кеңнен үйрениў ҳәм ғалаба ен жайдырыўға хызмет ететуғынлығын атап өтти.
Илажда Қарақалпақтан Республикасында хызмет көрсеткен артист, «Дослық» ордени ийеси, Қарақалпақстан Республикасы опера ҳәм бақсышылық өнерине қәнигелестирилген мектеп-интернатының директоры Дәрибай Хожабергенов Әжинияз Қосыбай улы образында «Әжинияз» операсынан ария ҳәм қосықларынан үзинди атқарды. Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектебиниң аға оқытыўшысы, белгили бақсы Мақсет Айекеев «Еллерим барды» ҳәм «Бозатаў» қосықларын атқарды. Әжинияз Қосыбай улы туўылғанының 200 жыллығы, өмири ҳәм дөретиўшилигине арналған усы көргизбеден қарақалпақстанлы художниклер Мийрасхан Сержанова, Қазақбай Хожамуратов, Бақберген Нурымбетов, Васиилй Джапаров, Сәрсенбай Байбосынов, Жоллыбай Изентаев, Барлықбай Айтмуратов, Мурат Худайбергенов ҳәм басқа дөретиўшилердиң шығармалары орын алған. К.Беҳзод атындағы Миллий сүўретшилик ҳәм дизайн институтының питкериўшилери болған жас художниклер Шерали Жуманиязов, Барчиной Пардаева, сондай-ақ, әмелий өнер бойынша Жулдыз Алпысбаеваның зергерлик буйымлары ҳәм қарақалпақ миллий кийиминдеги қуўыршақлар тамашагөйлердиң нәзерине усынылмақта.