Олий Мажилис Сенати тәрепинен шөлкемлестирилген “Ең жақсы социаллық баслама” таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти
692
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Комитет баслығы Ш.Өтемисов, тийисли комиссия ағзалары, таңлаў қатнасыўшылары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Өткерилген таңлаўдың Республикалық басқышында Нөкис қаласы ҳәм районлық басқышларда жеңимпаз болған талабанлар беллести.
Таңлаўды өткериўден тийкарғы мақсет өз алдына социаллық мәселелерди унамлы шешиўге қаратылған басламаларды ҳәм сол арқалы халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў, аймақлардағы социаллық мәкемелердиң инфраструктрасын жақсылаўдан ибарат. Онда белгиленген 4 номинация бойынша жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери анықланып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси тәрепинен сыйлықланды. Мағлыўмат орнында, 4 номинация бойынша биринши орын жеңимпазлары усы жылдың октябрь айында Ташкент қаласында болып өтетуғын жуўмақлаўшы басқышта қатнасады.