Жоқарғы Кеңес Баслығы Нөкис районындағы социаллық ҳәм исбилерменлик объектлери менен танысты ҳәм пуқаралар менен пикирлести
672
Дәслеп, Нөкис районы «Саманбай» аўыл пуқаралар жыйынындағы жақында иске түсиў алдында турған «Nukus Broiler» ЖШЖ жумыслары көзден өткерилди. Жуўапкерлерге кәрхана жумысларын жолға қойыўда барлық жәрдемлерди көрсетиў бойынша тапсырмалар берилди.
Атап өтиў орынлы, онда улыўма 30 млрд. сум қаржы тийкарында таўық гөши ҳәм мәйек жетистириў режелестирилген болып, арнаўлы үскенелер Қытай, Дания, Нидерландия, Канада, Туркия мәмлекетлеринен алып келинген. Бул орында 480 мың шөже бағыў режелестирилмекте.
Буннан соң, Жоқарғы Кеңес Баслығы район орайындағы «Дарсан» мәҳәллесинде Президентимиздиң тапсырмасы менен қабыл етилген Министрлер Кабинетиниң 500-санлы қарары тийкарында ишки хожалық жолларын оңлаў жумыслары менен жақыннан танысты. Бул жерде аймақ турғынлары менен пикирлесип, мәҳәллелердеги инфраструктуралық машқалалар басқышпа-басқыш өз шешимин табатуғынлығы атап өтилди. Өз нәўбетинде, нураныйлар өзлериниң пикир-усынысларын билдирип, пуқараларымыз турмысын жақсылаў бойынша ийгиликли жумыслардан халқымыз Президентимизден миннетдар екенлигин билдирди.
«Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде терек егиў ҳәм жасыл белбаўларды пайда етиў сондай-ақ, Тоғай хожалығы ҳәм Абаданластырыў басқармасы питомниги жумыслары да барып көрилди. Гүзги терек егиўге жерлерди ҳәм нәллери таярлаў, жумысларды шөлкемлескенлик пенен алып барыў, питомниклерди кеңейтиў ушын жер майданларын ажыратыў бойынша тапсырмалар берилди.
Сондай-ақ, райондағы ең шетки аймақлардың бири есапланған «Ақтерек» мәкан пуқаралар жыйынындағы көп қабатлы жайлар көзден өткерилип, пуқаралардың машқалалары тыңланды.
Аймақ турғынларының мүрәжатлары бойынша 11 хожалық жасайтуғын көп қабатлы турақ жайдың қыстан бийзиян шығыўын тәмийинлеў мақсетинде имарат төбесинен шиферлаў, ысытыў системаларын оңлаў ҳәм басқа да қурылыс жумысларын тез арада баслаў, буның ушын талап етилетуғын қаржыларды қысқа мүддетте ажыратыў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.