Жоқарғы Кеңес Баслығы өзине бириктирилген шаңарақлардан хабар алды
955
Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен ҳәр бир басшыға социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлар бириктирилип, олардың турмыслық жағдайын жақсылаў бойынша ўазыйпалар белгилеп берилген еди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районы «Тазғара» мәҳәллесиндеги өзине бириктирилген шаңарақлардың жасаў жағдайы менен танысты. Пуқаралар менен жақыннан пикирлесип, оларды қыйнап келген машқалаларын тыңлады.
Атап өтиў орынлы, соңғы жыллары елимизде социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж пуқараларға ғамхорлық көрсетиў, олардың тилек ҳәм өтинишлерин тыңлаў арқалы турмыслық мәселелерине шешим табыў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта. Ҳәр бир басшыға аўыр турмыс шараятындағы шаңарақлардың бириктирилиўи де мине усы бағдардағы ийгиликли жумыслардан саналады. Жоқарғы Кеңес Баслығы шаңарақ ағзалары менен пикирлесип, оларға барлық жәрдемлер көрсетилетуғынлығы, турмыс абаданлығын тәмийинлеў жолында зәрүр илажлар көрилетуғынлығын атап өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети