Ўалаятлардан келип оқып атырған жаслар менен ушырасыў өткерилди
779
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыз ўәлаятларынан келип, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Шымбай факультетинде билим алып атырған студент-жаслар менен ушырасты. Жаслар менен жақыннан пикирлесилип, олардың машқалалары тыңланды, сапалы билим алыўы ушын жаратылған шараятлар үйренилди. Студентлер тәрепинен көтерилген ҳәр қандай орынлы мәселе әлбетте, итибарға алынып, унамлы шешими табылатуғынлығы атап өтилди.
Буннан соң, оқыў орнындағы жаслар ушын жаратылған имканиятлар көзден өткерилди. Жоқарғы Кеңес Баслығы факультет лабораториясында теориялық билимлердиң әмелиятты қолланылыўын тәмийинлеў бойынша жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты. Бул жерде тамат ислеп шығарыў цехында әмелият өтеп атырған студентлер менен пикирлести.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети