Аўыр шараяттағы мәҳәллелер қоллап-қуўатланады
826
Ҳүрметли Президентимиздиң «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасын әмелге асырыў бойынша биринши гезектеги ис-илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында 2024-2025-жылларда халықты қамбағаллықтан шығарыўдың бағдарлары ҳәм аймақлар кесиминдеги мақсетли көрсеткишлери, сондай-ақ, 2024-2025-жылларда жедел комплекс раўажландырыў режелестирилген қала ҳәм районлардың дизими тастыйықланған еди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районында Президентимиздиң қарары тийкарында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мәселелерине арналған мәжилис өткерди. Онда республикадан бириктирилген басшылар, район жуўапкерлери, мәҳәлле жетиликлери қатнасты.
Өткерилген мәжилисте бағдарлама шеңберинде әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар, кәмбағал шаңарақлардың социаллық жағдайларын жақсылаў илажлары, мәҳәлле жетилиги менен биргеликте кәмбағаллыққа түсип қалған шаңарақларды ҳәр тәреплеме үйренип шығыў ҳәм жәрдем көрсетиў, соның менен бир қатарда, аўыр шараяттағы мәҳәллелердеги инфраструктуралық ҳәм социаллық машқалаларға комплекс шешим табыў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер қарап шығылды. Жуўапкерлерге ҳәм мәҳәлле белсендилерине тийисли тапсырмалар берилип, алдағы әмелге асырылыўы тийис режелер белгилеп алынды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети