Шымбай районында киши ислеп шығарыў жойбарлары көзден өткерилди
821
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районы «Бердақ» мәҳәллесиндеги киши исбилерменлик субъектлериниң жумыслары менен жақыннан танысты. Дәслеп, мәҳәлледе қағаз салфетка ислеп шығарыў цехы жумысларын көзден өткерди. Атап өтиў орынлы, Азамат Жолдасбаев тәрепинен исбилерменлигин жолға қойыў мақсетинде 100 млн. жеңиллетилген кредит алынып, Қытай мәмлекетинен қағаз салфетка ислеп шығарыў цехы алып келинди. Нәтийжеде 3 адам жумыс пенен бәнт етилди ҳәм өнимлерди жергиликли базарға шығарып сатыў жолға қойылды.
Сондай-ақ, усы мәҳәлле аймағында исбилермен Динмуҳәммед Сатыбалдиев тәрепинен қант ислеп шығарыў бойынша жолға қойылған жойбар көзден өткерилди. Жаңа киши кәрханада исбилерменниң шаңарақ ағзаларының бәнтлиги тәмийинленип, қосымша дәрамат дереги жаратылған. Жоқарғы Кеңес Баслығы мәҳәллелердеги пуқаралардың жасаў жағдайын жақсылаў бағдарында ҳәр қандай исбилерменлик түриниң жолға қойылыўы, жаңа жумыс орынларының жаратылып, шаңарақлардың қосымша дәрамат алыўы ушын шараят жаратылыўы оғада әҳмийетли екенлиги, ири исбилерменлик субъектлери жумыслары усындай киши жойбарлардан басланатуғынлығын айрықша атап өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети