Жоқарғы Кеңес Баслығы Шымбай районын абаданластырыўда белсендилик көрсеткен тараў пидайыларына миннетдаршылық билдирди
982
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың Шымбай районында алып барылып атырған абаданластырыў жумысларында белсендилик көрсеткен тараў пидайылары менен ушырасты. 

Онда Шымбай районында кең көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларын әмелге асырыў, район тазалығын ҳәм мәҳәллелердиң абаданлығын тәмийинлеўде район жуўапкерлери, мәҳәлле белсендилери, тараў пидайыларының хызметлериниң айрықша екенлиги атап өтилди. Айтып өтиў орынлы, усы жылдың өзинде республикамыздың барлық орынлары қатарында Шымбай районында бурын болмаған ири көлемдеги қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды.
Әлбетте, усы ўазыйларды орынлаўда район белсендилери, жуўапкерлери ҳәм бир қатар тараў хызметкерлери пидайылық пенен минсиз хызмет атқарды. Өткерилген ушырасыўда усы жумысларда белсендилик көрсеткен бир қатар тараў хызметкерлери Жоқарғы Кеңестиң көкирек белгиси, Ҳүрмет жарлығы ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Буннан соң көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети