Бүгин Нөкис қаласындағы орайлық амфитеатрда Қол урысының R1 жѳнелиси бойынша Профессионал спортшылар арасында «Аралбойы кубогы» халықаралық турнири жарыслары болып өтти.
1095
Турнирде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, барлық қатнасыўшыларға әўмет тиледи. Буннан соң турнир беллесиўлерине старт берилди. Онда Россия, Иран, Беларусь, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан мәмлекетлеринен професионал спортшылар қатнасты. Миллий гвардия хызметкерлери Хожабеков Батырбек, Қалжанов Азиз ҳәм басқа да күнниң орайлық беллесиўлеринде республикамыздың белгили спортшылары қатнасты.
73 кг (салмақ) салмақта Абдуррахманов Зафар (Қазақстан) ҳәм Абдуллаев Азизхон (Өзбекстан) беллесиўинде А. Абдуллаев жеңимпаз болды. 73 кг (орта) салмақта Жокар Иман (Иран) ҳәм Эргашев Имомали (Өзбекстан) арасындағы беллесиўде И.Эргашев жеңип шықты. 73 кг (орта) салмақ категориясында Муминбеков Осимбек (Тәжикстан) ҳәм Юлдашев Далер (Өзбекстан) беллесиўинде Д. Юлдашевтиң қолы бәлент келген болса, күнниң ең аўыр 97 кг салмақ категориясы бойынша Кимов Олег (Тәжикстан) ҳәм Қалжанов Азиз (Өзбекстан) арасындағы беллесиўде А.Қалжанов жеңип шықты. Балтабаев Каримжон (Қирғизстан) ҳәм Рахмоналиев Жамшид беллесиўинде К.Балтабаев жеңимпаз болды. Исаев Абдулла (Россия) ҳәм Хожабеков Батырбек (Өзбекстан) арасындағы беллесиўде Б.Хожабеков қарсыласына имканият қалдырмады.
Кескин беллесиўлер, аяўсыз соққылар астында өткен ушырасыўлар жыйналғанларда үлкен тәсир қалдырды. Жеңимпазлар қутлықланып, оларға пул сыйлықлары менен естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети