Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен тәлим-тәрбия системасында айрықша өрнек көрсеткен хызметкерлерден бир топарын сыйлықлаў ҳаққында
902
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы
Мәмлекетимизде тәлим-тәрбия системасын раўажландырыў, тараўда реформаларды табыслы әмелге асырыў, оқыў процесине миллий ҳәм алдынғы сырт ел тәжирийбелерин, инновациялық педогикалық ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў бағдарындағы мүнәсип үлеси, оқыўшыларға илим тийкарлары ҳәм заманагөй кәсип-өнерлерди үйретиў, олардың интеллектуаллық ҳәм мәнаўий потенциалын жоқарылатыў, Үшинши Ренессанс тырнағын жаратыў жолындағы үлкен хызметлери, жоқары маман кадрларды таярлаў, саламат ҳәм бәркамал әўладти камалға келтириў, перзентлеримизди Ўатанға мийрим-шәпәәт, улыўмаинсаныйлық қәдириятларға хүрмет руўхында тәрбиялаўдағы ибратлы жумысы ҳәм жәмийетлик турмыста белсене қатнасы ушын төмендегилер ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальлар менен сыйлықлансын:Қарақалпақстан Республикасы бойынша:
«Дўстлик» ордени менен
Мунтеева Гулнара – Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының Нөкис филиалы халық дөретиўшилиги кафедрасының оқытыўшысыII дәрежели «Соғлом авлод учун» ордени менен
Турдымуратова Зульфия Ешановна – Мойнақ районындағы 9-улыўма орта билим бериў мектебиниң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими «Соғлом турмуш» медалы менен Казакова Дильфуза Рейимбаевна – Қарақалпақстан Республикасы «Бәркамал әўлад» балалар мектебиниң сүўретшилик көркем өнери дөгерегиниң баслығы«Шуҳрат» медалы менен
Алламбергенова Гулшийра Атамуратовна – Хожели районындағы 26-улыўма орта билим бериў мектебиниң математика пәни муғаллими Қурбанов Онғарбай Хожанбергенович – Нөкис қаласындағы Президент мектебиниң физика пәни муғаллими Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ Ташкент қаласы, 2024-жыл 27-сентябрь