Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен бир топар ўатанласларымыз сыйлықланды
3111
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен елимиздиң раўажланыўы, ғәрезсизлигимизди еле де беккемлеў, наўқыран ҳәм билимли жас әўладты тәрбиялаў жолында жемисли мийнет етип атырған бир қатар ўатанласларымызды сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады ҳәм ҳүрметли Президентимиз басшылығында елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли ийгиликли басламалар ҳәм билимлендириў системасын раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбелери тийкарында реформалаў, муғаллимлер ҳәм устазлардың жәмийеттеги орнын беккемлеў бойынша жумыслар ҳаққында кең түрде атап өтти.

Дәслеп Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманына тийкар Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен сыйлықланған Ўатанласларымызға орден ҳәм медальлар тапсырылды.
Өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарарына муўапық, елимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў жолындағы пидәкерли мийнетлери, жас әўладты Ўатанды сүйиўшилик ҳәм ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаў ҳәмде оларды наўқыран, билимли жаслар етип камалға келтириў жолындағы белсендилиги ушын бир топар ўатанласларымыз ҳүрметли атақлар ҳәм көкирек белгилери, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң «Халқ таълими фидойиси» ҳәм «Халқ таълими аълочиси» көкирек белгилери менен сыйлықланды.