«Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен байрам салтанаты өткерилди
1543
Бүгин Нөкис қаласындағы зәўлим орынлардың биринде «1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жыйналғанларды кәсиплик байрамы менен қутлықлады.
Атап өтилгенинлей, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң басшылығындағы реформалар нәтийжесинде билимлендириў тараўын раўажландырыў бойынша оғада үлкен нәтийжелерге ерисилди. Усы ийгиликли жумыслардың даўамы сыпатында барлық билим ҳәм тәрбия мәсканларының материаллық-техникалық базасы беккемленип атыр. Қарақалпақстанлы жасларды жоқары билимлендириўге қамтып алыў бойынша өткен жылғыдан бөлек, быйылғы жылда да қосымша он мың квота берилгенлиги кеўиллерди айрықша мақтаныш сезимлерине бөлемекте.
Сондай-ақ, келеси жылы Қарақалпақстанда социаллық тараў ҳәм инфраструктура ушын 1 триллион сумнан артық қаржы ажыратыў режелестирилген ҳәм соннан 24 мектептиң жаңадан қурылыўы белгиленбекте. Быйылғы жылдың ѳзинде 202,8 млрд. сумлық қаржылар есабынан 34 мектепте қурылыс-реконструкция жумыслары алып барылып атыр. Бүгинги өткерилген илажда мине усындай ийгиликли жумыслар ҳаққында кең түрде сөз етилди. Байрам салтанаты көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы коньцерт бағдарламасы менен даўам етти.






Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети