Жоқарғы Кеңес Баслығы Тахтакөпир, Қараөзек, Бозатаў, Кегейли ҳәм Шымбай районларындағы исбилерменлердиң машқалаларын тыңлады
1544
Бүгин Шымбай районында Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында исбилерменлик жойбарларын қоллап-қуўатлаў ҳәм жаңа жойбарларды иске түсириўде ушырасып атырған машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша исбилерменлер менен ушырасыў болып өтти. Онда инвестициялық жойбарларды иске түсириў, локализацияластырыў бағдарламасына киргизилген ҳәм экспортёр кәрханаларға әмелий жәрдемлер көрсетиў, санаат өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалардың толық қуўатлылықта ислеўин тәмийинлеў мәселелери талқыланды.
Ушырасыўда Тахтакөпир, Қараөзек, Бозатаў, Кегейли ҳәм Шымбай районларындағы исбилерменлер жумысларында айырым тараў жуўапкерлериниң өз жумысына немқурайдылық пенен қараўы ҳәм басқа да себеплерге байланыслы ушырасып атырған машқалалары бойынша жақыннан пикирлесилди. Ҳәр қандай исбилерменлик жойбарлары барқулла қоллап-қуўатланатуғынлығы айрықша атап өтилди. Ушырасыў даўамында бүгинги күнде исбилерменлерди қыйнап келген машқалалар тыңланды ҳәм билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар қадағалаўға алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети