Социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың машқалалары тыңланды
1491
Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен ҳәр бир басшыға социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлар бириктирилип, олардың турмыслық жағдайын жақсылаў бойынша ўазыйпалар белгилеп берилген еди. Бүгин Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районы «Жипек жолы» мәҳәллесиндеги өзине бириктирилген шаңарақлар ағзаларының ҳалынан хабар алды ҳәм оларды қыйнап келген машқалаларын тыңлады.
Бириктирилген шаңарақлар тәрепинен турақ-жайының төбесин шиферлап бериў, медициналық жәрдемлер көрсетиў, социаллық қоллап-қуўатлаў, перзентлери оқыўына ҳәм жоқары оқыў орынларына кириў ушын таярлық курсларына барыў, қыйтақ жеринде қара мал бағыў ҳәм қусшылық пенен шуғылланыўына көмеклесиў сыяқлы мәселелер билдирилди. Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳәр бир билдирилген мәселе итибарға алынатуғынлығы, шаңарақлардың турмыслық жағдайын жақсылаў бойынша барлық жәрдемлер ҳәм зәрүр илажлар көрилетуғынлығын атап өтти.