Халық ардағындағы қосықшының юбилейи белгиленди
1567
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан, Қарақалпақстан, Татарстан халық артисти Тамара Дошумованың 70 жыллық юбилейине бағышланған салтанатлы илаж өткерилди. Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Т.Романов шығып сөйлеп, Тамара Дошумованың елимиз мәденияты менен көркем өнерин раўажландырыўға қосқан салмақлы үлесин айрықша атап өтти.
Т.Дошумова мийнет жолы даўамында мәмлекетлик концертлердиң, Дағыстан, Татарстан, Башқуртстан, Әзербайжан, Тажикстан Республикалары ҳәм Москва қаласында бир неше мәрте өткерилген «Қарақалпақ мәденияты ҳәм әдебияты күнлери»ниң белсенди қатнасыўшысы болды. Ол өзиниӊ айрықша таланты, кеӊ диапазонға ийе ҳаўазы, бийтәкирар атқарыў шеберлиги, тынымсыз мийнетлериниӊ арқасында халқымыз арасында айрықша ҳүрмет-иззетке бөленген, ел ардағындағы көркем өнер ғайраткерине айланды.
Т.Дошумова репертуарындағы қосықлары арқалы «Арал бүлбили», «Қарақалпақ бүлбили», «Қосықшылар сәрдары», «Әпсанаўий қосықшы» сыяқлы жоқары баҳаларға мүнәсип болды. Оның мәдениятымыз ҳәм көркем өнеримиздиң раўажланыўына қосқан үлеси мүнәсип баҳаланып, 1974-жылы «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен артист», соң, Өзбекстан, Қарақалпақстан, Татарстан халық артисти ҳүрметли атақлары, ҳәм 1984-жылы Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлыққа миясар болды.
Илажда Қарақалпақстан көркем өнер шеберлери тәрепинен Т.Дошумова репертуарындағы қосықлар атқарылып, жыйналғанларға көтериңки кейпият бағышлады.