Атажан Худойшукуровтың 80 жыллық юбилейи кең түрде белгиленбекте
1535
Бүгин Төрткүл районында Өзбекстан, Қарақалпақстан, Түркменстан ҳәм Татарстан халық артисти, мәмлекетлик сыйлықтың ийеси, шебер сазенде ҳәм қосықшы Атажан Худайшукуровтың 80 жыллық юбилейи мүнәсибети менен шөлкемлестирилген «Ана дияр жыршысы» атамасындағы республикалық кѳрик-таңлаўының ҳәм мәдений илажлардың ашылыў мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты. Дәслеп, мәденият сарайы алдындағы Атажан Худайшукуровтың естелигине гүлшеңбер қойылды. Буннан соң, мәдений илажлардың ашылыў мәресими өткерилди.
Онда Атажан Худайшукуров ширели даўысы, бийтәкирар таланты менен тек ғана елимизде емес, ал, Орайлық Азияда белгили болғанлығы, қысқа өмири даўамында миллий мәдениятымыздың раўажланыўына салмақлы үлесин қосқаны ҳәм оны дүнья халықларына танытыўда белсендилик көрсеткен көркем өнеримиздиң ири тулғаларының бири болғанлығы айрықша атап өтилди. Мәдений илажлар «Ана дияр жыршысы» атамасындағы республикалық кѳрик-таңлаўы, көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети