Жоқарғы Кеңес Баслығы Атажан Худойшукуровтың үй музейине барды
1353
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Өзбекстан, Қарақалпақстан, Түркменстан ҳәм Татарстан халық артисти, мәмлекетлик сыйлықтың ийеси, шебер сазенде ҳәм қосықшы Атажан Худойшукуровтың үй музейине барды. Төрткүл районы белсендилери ҳәм бир топар нураныйлар менен бирге көркем өнер шебериниң өмири ҳәм дөретиўшилиги менен жақыннан танысты.
Ҳақыйқатында да, ҳәр қандай қунлы дөретпе қанша дәўирлер, заманлар өтсе де өзиниң ықласбентин таўып, өзинде сол дәўир руўхын жәмлеў менен бирге, инсанларды жақсылыққа, ийгиликли ислерге баслайды. Атажан Худойшукуровта өзинен мине усындай өлмес дөретиўшилик мийрас қалдырған инсанлардың бири есапланады. Миллий мәдениятымызды бийик шоққыларға алып шыққан атақлы қосықшымыздың өлмес дөретиўшилиги еле узақ дəўирлерге шекем халқымыздың жүреклеринде жасап, көркем өнеримиздиң бийбаҳа дүрданалары сыпатында қəдирлене береди. Үй музейи менен жақыннан танысыў барысында ҳош ҳаўаз ийесиниң дөретиўшилик жолы, қалдырған мийраслары ҳәм өмири менен байланыслы ўақыялар ҳаққында сөз етилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети