Жоқарғы Кеңес Баслығы Төрткүл районында халыққа қолайлы шараятлар жаратыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты
1625
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Төрткүл районында қурылыс ҳәм абаданластырыў, халықтың турмыс жағдайын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты. Дәслеп, Төрткүл районы медицина орайына қараслы туўыў комплексиниң қурылыс жумыслары көзден өткерилди. Улыўма 12,6 млрд. сум қаржы тийкарында әмелге асырылып атырған қурылыс жумыслары шеңберинде туўыў комплексине қосымша 70 орынлы жаңа имарат қурыў, сондай-ақ, бар болған имаратын капитал оңлаў режелестирилген.
Буннан соң, Жоқарғы Кеңес Баслығы райондағы «Шадлық» мәҳәллесинде жаңадан қурылып атырған көп қабатлы турақ жайлар ҳәм 792 орынлы жаңа мектеп қурылысын барып көрди. Район ҳәкимлиги ҳәм жуўапкерлерге қурылыс жумысларының сапалы түрде алып барылыўы ҳәм өз ўақтында жуўмақланыўын турақлы қадағалап барыў бойынша анық тапсырмалар берилди.
«Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде терек егиў ҳәм жасыл белбаўларды пайда етиў сондай-ақ, Тоғай хожалығы ҳәм Абаданластырыў басқармасы питомниги жумыслары да барып көрилди. Гүзги терек егиўге жерлерди ҳәм нәллерди таярлаў, жумысларды шөлкемлескенлик пенен алып барыў бойынша тапсырмалар берилди. Жоқарғы Кеңес Баслығы халыққа сапалы азық-аўқат өнимлерин жеткерип бериў бойынша жумысларды да көзден өткерди. Район дийқан базарында шөлкемлестирилген арзанластырылған саўда ярмаркалары, соның менен бир қатарда буйым базары менен де жақыннан танысты. Базарларда өнимлер баҳалары турақлылығын тәмийинлеў, сатыўшылар ҳәм қарыйдарлар ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша тапсырмалар берилди.