Жоқарғы Кеңес Баслығы Төрткүл, Елликқала ҳәм Беруний районларындағы исбилерменлер менен ушырасты
1335
Исбилерменлер бүгинги күнде экономикамыздың раўажланыўында салмақлы үлес қосыў менен бирге, жаңа жумыс орынларын жаратыўда да әҳмийетли есапланады. Олардың жумысларын қоллап-қуўатлаўда болса, тиккелей жақыннан пикирлесиў арқалы машқалаларына шешим табыў бүгинги күнниң талабы екенлигин айрықша айтыўымыз керек. Усы бағдардағы әмелий жумыслардың даўамы сыпатында Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығындағы гезектеги ушырасыў Беруний районында болып өтти.
Ушырасыўда жаңа жойбарларды иске түсириўде ушырасып атырған машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў, инвестициялық жойбарларды иске түсириў, локализацияластырыў бағдарламасына киргизилген ҳәм экспортёр кәрханаларға әмелий жәрдемлер көрсетиў, санаат өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалардың толық қуўатлылықта ислеўин тәмийинлеў мәселелери талқыланды. Онда Төрткүл, Елликқала ҳәм Беруний районларындағы исбилерменлер, усы район ҳәкимлери ҳәм жуўапкер болған министрлик, мәкеме басшылары қатнасты. Бүгинги өткерилген ушырасыўда айырым тараў жуўапкерлериниң өз жумысына немқурайдылық пенен қараўы ҳәм басқа да себеплерге байланыслы ушырасып атырған машқалалар бойынша жақыннан пикирлесилди. Ушырасыў даўамында бүгинги күнде исбилерменлерди қыйнап келген машқалалар тыңланды ҳәм билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар қадағалаўға алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.