Этно-туристлик комлпекс ашылыўы мүнәсибети менен жаслар фестивалы болып өтти
1401
Бүгин Тахтакөпир районындағы Қаратерең көли бойында жаңадан қурылған, ҳеш жерде уқсасы жоқ миллий колориттеги «Қаратерең» этно-туристлик комплексиниң ашылыўы мүнәсибети менен жаслар фестивалы өткерилди. Онда республикамыз жаслары, мәденият ҳәм көркем-өнер хызметкерлери, кең жәмийетшилик, ғалаба хабар қурралары ўәкиллери қатнасты.
Дәслеп, мийманлар дәстүрлеримизге сәйкес түрде нан-дуз бенен күтип алынды. Буннан соң түрли миллет ўәкиллериниң миллий үрп-әдетлери ҳәм дәстүрлери жәмленген театрластырылған композициялар, миллий қара үйлер жанында туўысқан халықлардың күнделикли турмысын сүўретлеўши көринислер, түрли ойын-заўық тамашалары жыйналғанлар нәзерине усынылды. Кең қамтыўлы түрде өткерилген жаслар фестивалында бесик шабар, тусаўкесерден баслап, қыз жыйыны, қыз узатыў, бет ашар ҳәм басқа да ата-бабаларымыздан қалған бай мийрасларымыз, миллий үрп-әдетлеримиз, сондай-ақ, қарақалпақ халқы ҳәм туўысқан халықлардың миллийлиги, өзлиги ҳәм өзгешелигин жәмлеген дигирман тартыў, уршық ийириў, гүбиде май писиў сыяқлы турмыслық көринислер, түрли халықлар дастурханынан тағамлар, аўыл хожалығы өнимлери ярмаркалары, көл бойында жаслар сейиллери, жылқы, түйеде сейил етиў, усы сыяқлы оғада бай этно орталық барлық қатнасыўшыларда үлкен тәсирлер қалдырды.
Әсиресе, Бөршиниң таўы төбесинде дәрўазлар шығыўлары, өнерментлердиң қол өнерлери, сүўретшилердиң әтирап-аймақты сүўретлеўлери, саўлат төгип турған жаўынгер қызлар ҳәм басқа да көринислер өзгеше заўық бағышлады. Кешки концерт бағдарламасы «Fashion night» түрли миллет ўәкиллери кийимлери көргизбеси, музыкалы бағдарлама ҳәм салютлар шоуы менен даўам етти.