Этно-туристлик комлпекс ашылыўы мүнәсибети менен жаслар фестивалы болып өтти
1241
Буннан соң түрли миллет ўәкиллериниң миллий үрп-әдетлери ҳәм дәстүрлери жәмленген театрластырылған композициялар, миллий қара үйлер жанында туўысқан халықлардың күнделикли турмысын сүўретлеўши көринислер, түрли ойын-заўық тамашалары жыйналғанлар нәзерине усынылды.
Кең қамтыўлы түрде өткерилген жаслар фестивалында бесик шабар, тусаўкесерден баслап, қыз жыйыны, қыз узатыў, бет ашар ҳәм басқа да ата-бабаларымыздан қалған бай мийрасларымыз, миллий үрп-әдетлеримиз, сондай-ақ, қарақалпақ халқы ҳәм туўысқан халықлардың миллийлиги, өзлиги ҳәм өзгешелигин жәмлеген дигирман тартыў, уршық ийириў, гүбиде май писиў сыяқлы турмыслық көринислер, түрли халықлар дастурханынан тағамлар, аўыл хожалығы өнимлери ярмаркалары, көл бойында жаслар сейиллери, жылқы, түйеде сейил етиў, усы сыяқлы оғада бай этно орталық барлық қатнасыўшыларда үлкен тәсирлер қалдырды.