Жоқарғы Кеңес Баслығы шарўашылық фермер хожалықлары басшылары менен ушырасты
825
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шарўашылық тараўын еле де раўажландырыў, тараўда өз шешимин күтип турған мәселелер бойынша пикир ҳәм усынысларды тыңлаў мақсетинде шарўашылық фермер хожалықлары басшылары менен ушырасты. Атап өтиў керек, өткен 2022-жылда шет еллерден 1263 бас нәсилли шарўа маллары, 2023-жылы 148 бас, быйылғы жылда 309 бас нәсилли шарўа маллары елимизге алып келинген.
Бүгинги өткерилген ушырасыўда тийкарынан нәсилли шарўа малларын шет еллерден алып келиўдеги машқалалар, қайсы мәмлекетлерден алып келинген шарўа маллары Қарақалпақстан шараятына масласа алатуғыны, шарўашылық ҳәм қусшылық тараўында қосымша имканиятларды жаратып, еле де раўажландырыў ушын қандай илажларды белгилеп алыў керек екенлиги, жайлаў жер майданлары менен шарўа малларының суў менен тәмийинлениў дәрежеси, шарўа комплексин қурыўда инфраструктура менен тәмийинлеў ҳәм жер майданларын ажратыўда жүзеге келип атырған машқалалар бойынша тараў хызметкерлери менен пикир алысылды.
Соның менен бирге, шарўа комплекси ушын салық жеңилликлериниң қайсы түрлеринен жеңиликлер берилиўи керек, шарўашылық ушын кредит қаржыларын ажыратыў ҳәм от-жем базасын жаратыў мәселелери ҳәм ең баслысы халқымызды арзан соның менен бирге сапалы гөш ҳәм сүт өнимлери менен тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылыўы тийис жумыслар жөнинде сөйлесип алынды. Усы мақсетлерди әмелге асырыўда режелестирилип атырған стратегия бойынша шарўа фермер хожалықлары басшылары өзлериниң бир қатар пикир-усынысларын билдирди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети