Жоқарғы Кеңес Баслығы Жәҳән банки ўәкиллери менен ушырасты
1102
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Жәҳән банкиниң Өзбекстан Республикасындағы ўәкиллери Пьер Гербер, Преслава Ненова ҳәм Албан Беллингезлерди қабыллады. Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тараўын раўажландырыў мақсетинде Жәҳән банкиниң грант қаржыларын ажыратыў мәселелери додаланды. Атап айтқанда, быйыл Қарақалпақстан Республикасы ушын 5 миллион АҚШ доллары муғдарында грант қаржылары ажратылыўы белгилеп алынып, ноябрь-декабрь айларында усы қаржылар есабынан қарамаллардың нәсилин жақсылаў мақсетинде эмбрион ислеп шығаратуғын лабораториялық әсбап-үскенелер алынып, ҳайўанларды идентификациялаў ушын 110 дана планшет, 18 дана компьютер, шарўа ҳайўанларын идентификациялаў ушын 3 миллион 282 мыңнан артық биркалар менен тәмийинленеди. Сондай-ақ, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажладырыў комитетиниң материаллық-техникалық базасы беккемленип, ветеринариялық сервис хызметин жақсылаў мақсетинде 2 дана арнаўлы дезинфекциялық автомобиль, 5 тонналық – 1 дана, 1 тонналық – 13 дана музлатқышлы камера ҳәм 53 дана музлатқыш, 16 дана компьютер ҳәм 16 дана принтер менен тәмийинлеў белгиленбекте. Ушырасыўда шарўашылық тараўын раўажландырыў мақсетинде Жәҳән банки тәрепинен 2,8 миллиард сум муғдарында кредит қаржылары ажыратылғанлығы атап өтилип, соның менен бирге, 44 миллиард сумлық кредитлер де ажыратылыўы жобаластырылғанлығы ҳаққында мағлыўмат берилди.