Тоғайшылық тараўында илимий-изертлеў жумыслары жетилистириледи
705
✏️Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 707-санлы «Тоғайшылық тараўында илимий-изертлеў жумысларын жәнеде жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Қарар менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериси министрлигиниң усынысы қоллап-қуўтланып, Кегейли районында мәмлекетлик мәкеме формасында Кегейли мәмлекетлик тоғай хожалығы шөлкемлестириледи. ❗️Буннан тысқары, 174-санлы Президент қарары менен Тоғай хожалығы илимий-изертлеў институтының шөлкемлестириў структурасында мәмлекетлик мәкеме формасындағы Қарақалпақстан илимий-тәжирийбе станциясы шөлкемлестириледи. Қарақалпақстан илимий-тәжирийбе станциясына жер майданы ажыратылады ҳәм усы жер майданында жаңа имарат қурылып, суўғарылатуғын жерлерде климат шараятына сәйкес терек ҳәм пута нәллери жетистирилиўи жолға қойылады.