Нөкис қаласындағы Президент мектеби оқыўшылары Халықаралық STEAM Әзербайжан фестивалында алтын медал жеңимпазы болды
770
Әзербайжан Республикасының Боку қаласында тәбийий, технология, инженерлик, көркем-өнер ҳәм математика пәнлерин уйғынлықта оқытыў усылына бағышланған Халықаралық STEAM Әзербайжан фестивалы шөлкемлестирилди.
Бунда Өзбекстан, Туркия, Нидерландия, Чехия, Болгария, Уллы Британия, Қазақстан, Норвегия, Словакия, Түркменстан ҳәм басқа да мәмлекетлерден қәбилетли оқыўшылар қатнасты. Усы фестивальда Нөкис қаласындағы Президент мектебиниң 8-класс оқыўшылары Дамиров Меҳриддин ҳәм Қайпназаров Зафар, сондай-ақ, олардың робототехника дөгерек басшысы Ботабаев Баўыржан қатнасты ҳәм Лего бағдарында биринши орын жеңимпазлығын ҳәм алтын медалды қолға киритти.