2024-2026-жылларда Беруний районының 80 процент халқы таза ишимлик суўы менен тәмийинленеди
1188
Президентимиздиң ПҚ-4271-санлы қарарына тийкар Азия раўажланыў банкиниң қатнасыўында "Өзбекстанның батыс бөлиминде ишимлик суўы тәмийнаты системаларын раўажландырыў" жойбары әмелге асырылмақта.
Бул жумыслар Беруний районында «MESMER-EAST» Өзбекстан Иран компаниясы тәрепинен әмелге асырылыўы белгиленген.
Жойбар шеңберинде районда жәми 7 обьект болып, Беруний районы суў тәмийнаты кәрханасының ҳәкимшилик имаратын реконструкциялаў, 3 суў бөлистириў обьекти, суў резервуарын қурыў ҳәм реконструкциялаў, 1 суў жыйнаў обьекти, 2 суў хлорлаў обьекти, магистрал суў тармағын тартыў жумыслары нәзерде тутылған.
2024-2026-жылларға мөлшерленген жойбар нәтийжесинде Беруний районында 80 процент халық таза ишимлик суўы менен тәмийинленеди.