1139
Корея Республикасының Пусан қаласында қылышпазлық спорт түриниң сабля жөнелиси бойынша жаслар арасында Жəҳəн кубоги болып өтпекте. Бүгин қызлар арасында Өзбекстан сайланды командасы беллесиўлер алып барды.
Онда Өзбекстан сайланды командасы 2-орынды ийеледи. Сайланды команда қурамында жерлеслеримиз Гүлистан Пердебаева ҳəм Аякөз Жумамуратовалар сыйлы орынды ийелеўде өзиниң мүнәсип үлесин қосты.