Берунийде 25,5 млрд сумлық инвестиция жойбары иске түсирилди
1120
Беруний районындағы «Лидер Гипс» ЖШЖ тәрепинен улыўма майданы 2,5 гектар жерде шөлкемлестирилген гипсокартон ҳәм қурылыс материалларын ислеп шығарыў жойбары 25,5 млрд сумды қурайды, соннан, 1,8 млн АҚШ доллары сырт ел инвестициясы тийкарында қәлиплестирилген. Жылына 2 млн. кв метр гипсокартон ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе жойбар иске түсирилиўи нәтийжесинде 18 жаңа жумыс орны жаратылды.
Жойбар бойынша кәрхана иске түсирилиўи менен ҳәр қыйлы түрдеги гипсокартон ислеп шығарылады ҳәм ишки базарды сапалы өнимлер менен тәмийинлейди. Жойбар шеңберинде кәрханадағы монтаж жумысларын Қытай мәмлекетинен келген инженерлер әмелге асырды.