“Жасыл мәкан” акциясына старт берилди
1119
Бүгин Нөкис қаласы аймағында “Жасыл мәкан” акциясы шеңбериндеги кең көлемли илажларға старт берилди. Онда елимиз абаданлығына үлес қосыўды нийет еткен жаслар, нураныйлар ҳәм ҳаял-қызлар, мәкеме, шөлкемлер хызметкерлери қатнасып, жақсы нийет пенен терек нәллерин отырғызды. Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты ҳәм елимиздиң абаданлығын, қоршаған орталықтың тазалығын тәмийинлеў ҳәм жасыл аймақлардың пайда етилиўинде пүткил халқымыз бенен бирге ат салысыўымыз керек екенлигин атап өтти.
Айтып өтиў орынлы, быйылғы жылы гүз мәўсиминде “Жасыл мәкан” жойбары шеңберинде жәми 5 млн. 250 мың дана декоратив ҳәм мийўели терек нәллери егилиўи белгиленген. Бул илажларды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў мақсетинде питомниклеримизде 6 млн. 536,8 мың дана декоратив ҳәм мийўели терек нәллериниң резерви жаратылған. Бүгинги күнде қала ҳәм районларымызда 1 607 орында 1 403 гектар ашық майданлар ҳәм көше бойлары белгилеп алынып, абанданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары баслап жиберилди. Акция шеңбериндеги илажлар республикамыз бойынша даўам етеди.