Республикамыздағы бир қатар алдыңғы исбилерменлер менен пикирлесилди
1037
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Исбилерменлер Кеңесиниң гезектеги ушырасыўы өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, Өзбекстан Республикасы Бас министри орынбасары Ж.Ходжаев, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.
Өткерилген ушырасыўда соңғы жыллары елимизде исбилерменликти раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар, бул бағдарда қысқа ўақыт ишинде тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында бизнес орталығын жақсылаў, инвестиция тартымлылығын арттырыў бойынша бурын болмаған өзгерислер жүз берип атырғанлығы айрықша атап өтилди.
Сондай-ақ, исбилерменлик жумысын алып барыў ҳәм раўажландырыўдағы еле де шешимин күтип турған мәселелер, системалы машқалалар ҳаққында пикирлесилди. Өз нәўбетинде, исбилерменлер тәрепинен бир қатар әҳмийетли мәселелер көтерилди ҳәм ҳәр бир машқала, әлбетте, өз шешимин табатуғынлығы атап өтилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети