Отажон Худайшукуровтың 80 жыллық юбилейине арналған салтанатлы илаж өткерилди
1345
Бүгин Елликқала районында бийтәкирар ҳаўаз ийеси, Өзбекстан, Қарақалпақстан, Түркменстан ҳәм Татарстан халық артисти Отажон Худайшукуровтың 80 жыллық юбилейине арналған «Устазға ҳүрмет» атамасындағы салтанатлы мәдений илаж болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, елимизде барлық тараўлар қатарында, миллий мəдениятымызды, көркем өнеримизди раўажландырыўға, дөретиўши инсанларды ҳəр тəреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығы атап өтилди.
Ҳақыйқатында да, усындай итибар нәтийжесинде өзиниң өлмес дөретиўшилик мийнетлери менен халқымыздың руўхый дүньясын байытып киятырған миллий мәдениятымыз, әдебиятымыз, көркем өнеримиз ўəкиллериниң атларын мəңгилестириў бағдарындағы жумыслар да жаңа басқышларға көтерилип бармақта. Министрлер Кабинетиниң арнаўлы протоколы менен Отажон Худайшукуровтың 80 жыллық юбилейин кѳтериңки руўхта шөлкемлестириў ўазыйпасы белгиленип, елимизде кең түрде мәдений илажлар өткерилмекте.
Өткен қысқа дәўир ишинде атақлы қосықшымыздың атын мǝңгилестириў бойынша бир қатар жумыслар алып барылып, уллы дөретиўшиниң естелигине шексиз ҳүрмет ҳәм үлкен итибар қаратылып атыр. Ҳақыйқатында да, өзинен өлмес дөретиўшилик мийрас қалдырған Отажон Худайшукуровтың мийнетлери ҳәм дөретиўшилик жолы, қысқа өмири даўамында миллий мәдениятымыздың раўажланыўына қосқан салмақлы үлеси ҳеш қашан умытылмайды.