Корея Республикасының Елшиси Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына келди
1253
Бүгин, 13-ноябрь күни Корея Республикасының Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы Елшиси мырза Вон До Ён басшылығындағы делегация ағзалары Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына келди. Ушырасыўда Өзбекстан-Корея Республикасы арасындағы саўда-экономикалық, мәдений-гуманитар тараўлар менен бирге билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўлердиң нәтийжели даўам етип атырғанлығы атап өтилди. Сондай-ақ, институтта илимий-педагогикалық бағдарда халықаралық бирге ислесиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы мағлыўматлар берилди.
Елши мырза Вон До Ён жоқары көтериңкилик ҳәм жыллыжүзлилик пенен күтип алғаны ушын миннетдаршылық билдирип, елимиз бойлап кең көлемде белгиленип атырған Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы, сондай-ақ, институттың 90 жыллығы менен қызғын қутлықлады. Мәмлекетлеримиз арасында соңғы жылларда экономикалық тараўлар менен биргеликте билимлендириў тараўына инвестициялар киргизиў бойынша унамлы жумыслар әмелге асырылып атырғанлығын айрықша атап өтти. Сәўбетлесиў барысында Корея Республикасының ең алдынғы жоқары оқыў орынлары менен еки тәреплеме бирге ислесиўди жолға қойыў, институт профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлериниң стажировкалар және оқыў бағдарламалары шеңберинде грантлар жойбарларына қатнасыўына көмеклесиў, институтта жумыс алып барып атырған «Корея мүйеши»ниң жумысларын еле де жетилистириў мәселелери додаланып, алдағы ўақытларда биргеликте әмелге асырылатуғын жумыслар белгилеп алынды. Буннан соң делегация ағзалары Қарақалпақстанда корейс тилин үйретиў бойынша тийкарғы орай сыпатында жумыс ислеп атырған институттағы «Корея мүйеши»нде болып, бул жерге ҳәр қыйлы тематикадағы оқыў әдебиятлары ҳәм зәрүр буйымларды тапсырды.