Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы мүнәсибети менен шөлкемлестирилген халықаралық илимий-теориялық конференцияның ашылыў салтанаты өткерилди
1825
Бүгин Нөкис қаласындағы Аққуў комплексинде жайласқан Қара үйде Қарақалпақ классик әдебиятының көрнекли ўәкили Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы мүнәсибети менен шөлкемлестирилген халықаралық илимий-теориялық конференция ҳәм көркем-әдебий кешениң ашылыў мәресими болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен уллы ойшыл бабамыздың 200 жыллығы ЮНЕСКО шеңберинде белгиленетуғын халықаралық юбилейлер қатарына киргизилгени, Әжинияз Қосыбай улының атын мәнгилестириў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти. Ҳақыйқатында да, халқымыз тарийхында ҳәм әдебиятында өшпес из қалдырған Әжинияз Қосыбай улы келешек әўладлар, әдебият ықласбентлери ушын бийбаҳа мийрас қалдырып кеткен, халқымыздың руўхый дүньясын байытыўға үлес қосқан уллы сөз зергери, данышпан шайырларымыздан саналады.
Ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында уллы ойшыл бабамыздың юбилейи елимизде ҳәм халықаралық көлемде белгиленип, бир қатар ийгиликли жумыслар әмелге асырылып атыр. Өткерилген ашылыў салтанатында сөзге шыққан илимпазлар Әжинияз Қосыбай улының ҳәр қандай дәўирде де өз қунын жойтпайтуғын бийбаҳа дөретпелериниң қәдири жыллар өткен сайын артып баратуғыны, оның қалдырған мийрасы еледе халқымыздың руўхый дүнясын байытыўда хызмет ететуғынлығын атап өтти. Ашылыў салтанаты даўамында бир қатар илимпазларға ҳәм жәмийетлик ғайраткерлерге Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң «Ҳүрмет жарлығы» тапсырылды. Буннан соң көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылды.