Республика илимий-әмелий медициналық конференциясы өткерилди
1466
Бүгин Нөкис қаласындағы Аққуў комплексинде жайласқан қара үйде «Қызылөнеш ҳәм асқазан рак кеселлигиниң заманагөй диагностикасы ҳәм емлеў» атамасында республика илимий-әмелий медициналық конференциясы ҳәм медицина илимлериниң докторы, профессор, хирург-шыпакер Мэлс Қабуловтың 80 жыллық юбилейи өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты. Атап өтилгениндей, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиз басшылығында денсаўлықты сақлаў тараўында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Әсиресе, тараў жумыслары менен байланыслы бир қатар пәрман ҳәм қарарлардың қабыл етилиўи түпкиликли өзгерислер менен жаңаланыўларға беккем тийкар болып хызмет етпекте.
Илимпазлардың тынымсыз излениўлери нәтийжесинде ҳәр жылы жаңадан-жаңа емлеў усыллары ойлап табылып, жаңа дәрилер ислеп шығарылмақта ҳәм емлеў процесслеринде көплеген жаңа инновациялық жаңалықлар қолланылмақта. Бул бағдарда республикамыз денсаўлықты сақлаў тараўында көп жыллық тәжирийбеге ийе әдиўли устаз, медицина илимлериниң докторы, профессор, хирург-шыпакер Мэлс Қабуловтың мийнетлери айрықша. Оның мийнетлери менен бир қатарда, ол таярлаған шәкиртлер бүгинги күнде медицина тараўына нәтийжели жумыс алып барып атыр. Бүгинги өткерилген концеренция ҳәм юбилей сәнесинде Жоқарғы Кеңес Баслығы барлық илимпазларға халқымыз саламатлығын сақлаў жолындағы машақатлы жумысларында табыслар тиледи.