Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Әжинияз музейи шөлкемлестирилди
1664
Бүгин, 15-ноябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында қарақалпақ классикалық әдебиятының көрнекли ўәкили Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы мүнәсибети менен шөлкемлестирилген Әжинияз музейиниң салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң ўәкиллери, Түрк Академиясының ўәкили Айнур Майемерова, Қырғызстан Республикасы Миллий Илимлер Академиясы Ш.Айтматов атындағы Тил ҳәм әдебият институтының директоры, академик Абдылдажан Акматалиев, Әзербайжан Республикасы Баку славян университетиниң профессоры Низами Маммедов, Түркия Республикасы Ҳажы Байрам Вели университетиниң профессоры Ҳусейн Йылдырым, Әзербайжан Республикасы Миллий Илимлер Академиясы Физулий атындағы Қолжазбалар институтының бас илимий хызметкери Незакет Маммадли, усы академияның Фольклор институты доценти Шабнам Маммадова, сондай-ақ, республикамыздың алдынғы жоқары оқыў орынларынан, илимий орайларынан белгили илимпазлар, профессорлар, нураный устазлар, әдебиятқа жаны қумар жаслар, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Музейге келген ҳәр қандай адам Әжинияз Қосыбай улының өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында мағлыўматларға ийе болады. Қарақалпақ халқының миллий кийим-кеншеклери, саз әсбаплары, тутыныў буйымлары, медреселерде оқытылған китаплардың нусқалары шайыр жасаған дәўирдиң нәпесин пайда етеди. Музейде ең тийкарғы көзге тасланатуғыны – бул Әжинияз Қосыбай улының шежиреси. Бул шежире институттың қарақалпақ әдебияты кафедрасының үлкен оқытыўшысы, филология илимлери бойынша философия докторы Марат Есебаев тәрепинен алып барылған илимий-изертлеў жумысларының нәтийжеси болып, усы күнге шекем шайыр әўладларының бир пүтин систематикасы болып табылады.